МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Футбол бойынша «Қазыят кубоги» чемпионаты финал ойыны болып өтти.

Футбол бойынша «Қазыят кубоги» чемпионаты финал ойыны болып өтти.

Усы жылдың 15-апрель күни, Нөкис қаласы «Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний» орта арнаўлы ислам билим журтының жазғы спорт майданшасында мини-футбол бойынша «Қазыят кубоги» финал ойыны болып өтти.
     Финал жарысында Нөкис қаласы «Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний» орта арнаўлы ислам билим журтының «Дослық» командасы 1-орын жеңимпазы болды.
     Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларынан дүзилген «Дәўқара» командасы 2-орын, Нөкис қаласы диний хызметкерлеринен дүзилген «Арал» командасы 3-орын жеңимпазы болды. Командалар ортасында болып өткен финал ойыны шөлкемлескенлик жағдайында, қызғын өтти.
      Жарыста жеңимпаз болған командалар ҳәм де жақсы ойын көрсеткен футбол ойыншыларына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм «Вақф» қайырқомлық жәмәәтлик фонды тәрепинен естелик  саўғалары берилди.
      Жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары Р.Нуразизов ҳәм  Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовлар жарыс қатнасыўшыларын жеңислери менен қутлықлап, алдағы ўақыттағы жумысларында табыслар тиледи.

Билим журты баспасөз хызмети