МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Динде ҳәдден асыў қараланған

Ислам таўҳид, яғный жалғыз Аллаҳ таалаға ибадат қылыўға шақырўшы дин болыўы менен бирге мусылманларды мудамы бирликке шақырады. Динде ҳәдден асыў, мейли ол ибадат мәселесинде болсын, ямаса өзгелер менен мәмиле қылыў мәселесинде болсын қайтарылған. Буның тийкарғы себеплериниң бири, бул нәрсе келиспеўшиликке, топарларға бөлиниўге алып келеди.

Динде ҳәдден асыўдың буннан тысқары және бир қанша жаман ақыбетлери бар. Дәслеп, бул ақыйданың бузылыўына алып келеди. Тарыйхта пайда болған Раўафиз, Хаўариж ҳәм басқа топарлардың жүзеге келиўи тийкарынан динде ҳәдден асыўының ақыбети болып табылады. Рофизийлар Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан кейин халифалыққа ҳақылы адам сыпатында Әли разияаллаҳу анҳу ҳәм оның әўладларынан басқа ҳеш кимди тән алмайды. Олар Абу Бакр ҳәм Умар ибн Хаттоб разияаллаҳу анҳумларды халифалықты Әли разияаллаҳу анҳудан күш ислетип тартып алғанлықта айыплайды.

Раўафиз – сөзликте инкар етиў, тән алмаў деген мәнилерди билдиреди.  Ҳәттеки олардың айрым топарлары Әли разияаллаҳу анҳуды Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан да жоқары қояды. Мине сол себепли олар әҳли сунна ўәл жәмәәттен шықты.

Хаўарижлар болса, керисинше, Әли разияаллаҳу анҳуды кәпирге шығарды. Нәтийжеде оған қарсы қурал көтерип, қанын төгиўди ҳадал санады.

Кейинрек, Мўътазилалар топары шығып, Аллаҳ таала ҳаққында ҳәдден асып, оның сыпатларын инкар етти. Сондай-ақ, Хаўариж ҳәм Мўътазилалар әмру маъруф (жақсылыққа шақырыў) ҳәм наҳий мункар (жаманлықтан қайтарыў) мәселесинде де ҳәдден асып, мусылманлардың имамына қарсы шығыўға жол ашып берди. Негизинде динимиздиң тәлийматларында мусылманларды басшыларға қарсы шығыўдан қайтарылған. Динимиз әзелден иртки, бузғыншылыққа қарсы гүрескен дин болып есапланады. Аллаҳ таала мусылманларды топарларға бөлиниўден қайтарып, оларды мудамы әдиллик ҳәм туўрылық жолында бирлесиўге шақырады. Аяты кәрималардың биринде «Ҳәммеңиз Аллаҳтың арқанын беккем услаң ҳәм бөлинип кетпең...» делинген. (Әли Имран сүреси, 103-аят).

Гүўасы болғанымыздай, өз-ара келиспеўшилик, ҳәр түрли ағым ҳәм топарларға бөлиниў қайсы халықтың арасында болса сол халықтың әззилеп қүшсизлениўине алып келеди екен.

Бизлер ғәрезсиз журтымызды ҳәр түрли жат идея ҳәм жаўыз күшлерден асыраўымыз ушын ҳәммемиз бирлесиўимиз керек. Бул ҳәзиргидей заман тез пәт пенен раўажланып, сырттан бизиң тынышлығымызды көре алмайтуғын жаўыз нийетли кимселердиң ҳәр түрли иркилери күшейген дәўирде суў ҳәм ҳаўадай зәрүр.

Жумабек Искендеров, Нѳкис Муҳаммад ибн Ахмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты аға оқытыўшысы.