МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

ИНГЛИС ТИЛИНДЕГИ АРАБША СӨЗЛЕР

Ҳәзирги күнде дүньяда бес ярым мыңнан артық тил бар. Араб тили ең көп тарқалғаны болып, жер жүзинде еки миллиардқа жақын мусылман күнделикли ибадатлары ҳәм түрли диний қәдирият ҳәм үрп-әдетлерди атқарыў ушын усы тилге мүрәжат етеди.

Бүгинги күнге келип, шама менен 25 ке жақын мәмлекетте араб тили рәсмий тил сыпатында тән алынған. Мағлыўматларға көре, дүнья халқының ярым миллиардқа жақыны араб тилинде сөйлеседи. Өз нәўбетинде, бул тил дүньяда көп сөйлесилетуғын бесинши тил есапланады.

Инглислер сөйлесип атырғанында арабша сөз қолланыўын билесиз бе? Араб тилинен инглис тилине қандай сөзлер өтиўи мүмкин?

Ықтыярсыз қыялыңызға Қуран, ҳәдис, сүннет, мәзҳаб яки соған уқсас диний атамалар келеди. Шама менен инглис тилиндеги мыңға жақын сөз араб тилинен келип шыққаны айтылады. Олар: азық-аўқат ҳәм ишимликлер, медицина ҳәм илимий атамалар, ҳайўанат ҳәм өсимликлер, сондай-ақ, биз пайдаланатуғын күнделикли предметлерди өз ишине алады.

Инглис тилине кирип келген арабша сөзлердиң үлкен бөлеги көп жыллық халықаралық саўда, жаңалықлар ҳәм миграция нәтийжеси саналады. Тарийхшы ҳәм лингвистлердиң шамалаўларына көре, бир неше әсирлер алдын испанлар арабша сөзлерди өзлестирген ҳәм қоллана баслаған. Бул өзгерис эрамызға шекемги 700-жылларда басланған болыўы мүмкин. Базы инглисше сөзлер арабша сөзлердиң келип шығыўы тиккелей болса, басқалары  араб тилинен латын, түрк яки француз киби ески Европа тиллери арқалы өткен. Буған алгебра ҳәм адмирал сөзлери мысал болады. Төменде айырым мысалларды келтирип өтемиз:

Сугар  سُكر (Суккар) шекер,

Салад  سلاطة (Салот) салат,

Еартҳ  أرض (Ардз) жер,

Цоттон  قطن  (Қутунун) пахта,

Алгебра  الجبر (Ал-жабр) алгебра,

Сторй  أسطورة (Сатрлар) ҳикәя,

Жасмине ياسمين  (Ясмин) жасмин,

Сафари  صفر (Сафар) сапар,

Шецк  شيك (Чек)  чек,

Зеро صفر (Цифр) ноль,

Алцоҳол  الكحول (Ал-Куҳл) алкогол,

Сода صودا (Сода) сода,

Цоффее قهوة (Қақўа) кофе

Инглис тилине кофе сөзи итальян тилиндеги түркше қаҳва (каҳве) сөзинен келип шыққан цаффè сөзинен кирип келген. Ал, түрклер бул сөзди арабларлардың қаҳўа (قهوة) сөзинен алған.

Пахта (Цоттон) قطن (Қутнун)

Европалылар араб саўдагерлери менен саўда-сатық жүргизгенлиги себепли америкалылар да, европалылар да араб тилиндеги қутн قطن (қутн) сөзин қабыл еткен.

Лимон (Лемон) ليمون

Заманагөй араб әдебий тилинде лимон сөзи лаймуун (лаймуун) ليمون деп айтылады.

Шахмат (Чецкмате) شاه مات

Чецк сөзиниң дәслепки мәниси шахмат ойыны менен байланыслы болған; шах (Чецкмате) қарсыласының патшасын қәўип астына қойып, оны жүрис имканиятынан айырған ойыншы утысқа ерискен есапланады. Яғный, шаҳ ҳәм мат, “шаҳ ҳеш нәрсе қыла алмайтуғын ҳалатта қалды”). Ўақыт өткен сайын шаҳ ҳәм мат бүгинги күнде қолланылатуғын “шахмат” – “чецкмате” көринисине келди.

Матрац/ (Маттресс) مطرحه

Көпшиклер тасланатуғын төсектиң арабша аты матраҳ (матраҳ) مطرحه  болған.

Диван (Софа) سوفا

“суффа” (“тас яки ағаштан исленген сыпа”)

Гибралтар Гибралтар  جبل طارق‎ "Жабал ат-Тариқ" (Тариқ таўы)

Атақлы "Гибралтар буғазы" келип шығыўы батыс еллеринен болған араб әскербасшысы Тариқ ибн Зияд ҳүрметине сондай деп аталады. Негизинде (рус. Джебель Тарик),  «Гора Тарика», (араб. جبل طارق‎) "Жабал ат-Тариқ" (Тариқ таўы) лингвистикадағы диссимиляция себепли "Гибралтар" болып қалған.

    Дәл сондай "адмирал" сөзи де негизинде امير والبحر

"әмир ал-баҳр" (теңиз әмири) бирикпесиниң диссимиляцияға ушырап өзгерген көриниси.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, инглис тилине басқа тиллерден кирип келген гөззал сөзлер көп. Көрип шыққанымыз араб тилинен туўрыдан-туўры алынған сөзлердиң айырымлары еди.

Дереклер тийкарында

Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний

атындағы ислам билим журты оқытыўшысы Баҳадыр Абдираманов таярлады.