МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Талаба-жаслар бос ўақытларын мазмунлы өткермекте

Талаба-жаслар бос ўақытларын мазмунлы өткермекте

Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талаба - жасларының бос ўақытларын руўхый-ағартыўшылық илажларға бағдарлаў мақсетинде, Бердақ атиндағи Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейине саяхат шөлкемлестирилди.

  Саяхат даўамында Бердақ  атиндағи Қарақалпақ Мамлекетлик Университети  қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи қәнигелери тәрепинен музейге барған талаба-жасларымызға Репрессия қурбанларын еслеў музейиниң жаңа експозициясы, музейдиң ашылыў тарийхы, Қарақалпақстан аймағында бурынғы аўқам дәўиринде репрессияға ушыраған мәмлекетлик ғайраткерлер, илимпазлар, диний тараўдағы уламалардың өмири ҳаққындағы қызықлы мағлыўматлар берилди.

  Қарақалпақ Мамлекетлик Университети қураминдағи Репрессия Қурбанларин еслеў аймақлиқ музейи 2018-жил 28-августтан баслап өз жумисин алип бармақта. Музей дәслеп 789 експонат пенен ашилған болса ҳазирги кунде 2500 ден зият Патша Россияси ҳам Совет даўирине тийсли буйимлар, материяллар, ҳужжетлер сақланбақта. Музей 7 бөлим ҳәм 2 залдан ибарат.

 Иләж соңында талаба-жаслар өзлерин қызықтырған сораўлар арқалы ески дәўир тарийхы ҳаққында жаңа мағлыўматлар алыўға еристи.

  Билим журты баспасөз хизмети