МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

БИЛИМ ЖУРТЫ ТАЛАБАЛАРЫ ӘСКЕРИЙ ОКРУГИНА САЯХАТ ЕТТИ.

БИЛИМ ЖУРТЫ ТАЛАБАЛАРЫ ӘСКЕРИЙ ОКРУГИНА САЯХАТ ЕТТИ.

27-феврал күни Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтының бир топар талабалары қаламызда жайласқан Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизонында болып, бул жердеги жаратылған шараятлар ҳәм музей экспонатлары, көргизбелер менен танысты.

      Саяхатдан гөзленген тийкарғы мақсет -  талабалардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардын  Ўатанға болған  мухаббатын күшейтиў, сондай-ақ,  ел тынышлығын қорғаўдай уллы кәсипке деген қызыўшылығын  оятыу болып табылады.

      Иләж даўамында Арқа батыс әскерий округи қәнигеси тәрепинен мәмлекетимизде әскерий тараў бойынша қолға киргизилген бир қанша жетискенликлер, Президентимиз тәрепинен әскерлерге берилип атырған имкәниятлар ҳаққында талабаларға бир қанша мағлыўматлар берди.

     Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз ҳәдисинде:

      Бир кеше-күндиз "рибат" (яғный душпан алдында турып, шегараны қорғаў) бир ай (нәпил) ораза тутқан ҳәм бир ай түнлери турып (нәпил) ибадат қылғаннан жақсырақ", деген екен.

Имам Бухарий рәўияты

     Ҳақыйқаттан да, Елимиздиң қорғаў қудирети жылдан-жылға асып бармақта. Соңғы жылларда әмелдеги қурал-асбаплар ҳәм техникалер жаңаланып, модернизация етилди. Әскерий структуралар искерлиги, әскерий бөлим ҳәм мәкемелер инфраструктурасы жақсыланды.

      Иләж соңында талабалар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

     Билим журты баспа сөз хызмети