МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик  музейине экскурсия  шөлкемлестирилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик  музейине экскурсия  шөлкемлестирилди

Бүгин, яғный 16-февраль сәнесинде Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабалары ушын  Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик  музейине экскурсия  шөлкемлестирилди.
Буннан гөзленген баслы мақсет –  талабалардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, халықтың мәденияты ҳәм тарийхы ҳаққында билимин арттырыў болып есапланады.
Илаж даўамында талабалар музей қәнигелери тәрепинен Бердақ Ғарғабай улының  өмири ҳәм дөретиўшилиги, археологиялық экспонатлар, коллекциялар, сүўретшилердиң белгили картиналары, дөретиўшилик мийнетлери менен таныстырылды.
Сондай-ақ, қарақалпақ халқының этнографиясы, ҳаял-қызлардың миллий кийим-кеншеклери, зергерлик буйымлары, үрп-әдет дәстүрлери  ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Саяхат даўамында талабалар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.