МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Медресе ҳаққында

“МУҲАММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Нөкис қаласындағы “Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журты 1992 жылдан өз жумысын баслаған ҳәм оған уллы алым, тарийх, география, филология, астрономия, математика, геодезия, минералогия, фармакология, геология ҳәм басқа көплеген пәнлерге байланыслы шығармалар авторы, Орта Шығыста биринши мәрте Жердиң Қуяш әтирапында айланыўы мүмкинлигин айтып, Жердиң шеңбер өлшемин анықлаған алым Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Берунийдиң аты берилген.

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Билим журтында тәлим алып атырған талабаларға арнаўлы диний пәнлерден тысқары, жәмийетлик-сиясий, социаллық-гуманитар пәнлер, тәбиий пәнлер, анық пәнлер ҳәм соның менен бир қатарда ҳәзирги ўақытта дүняда жүз берип атырған жәмийетлик-сиясий өзгерислер, Ўатанымыз тарийхында из қалдырған уллы алымлар, олардың шығармаларының бүгинги күндеги әҳмийети ҳаққында да арнаўлы сабақлар өтиледи.

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары Өзбекстан көлеминдеги диний билим журтлары арасында өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда, беллесиўлерде ҳәм спорт жарысларында мүнәсип қатнасып, жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Атап айтқанда, билим журты талабалары Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы мешит ҳәм медреселер арасында диний-ағартыўшылық тараўын буннан былайда раўажландырыў мақсетинде ҳәр жылы шөлкемлестирилетуғын “Сарҳисоб” таңлаўында 2014–2017-жыллары “Радио жөнелиси бойынша” 1-орынды ийелеген болса, 2020-жылы болса «Телевидение жөнелиси бойынша» «Әдеплер ғәзийнеси» көрсетиўи 2-орынға мүнәсип деп табылды.

Диний билим журтлары талабалары арасында болып өтетуғын “Баркамал әўлат–2017”, “Баркамал әўлат–2019” спорт жарысларында билим журты талабалары командалық есапта биринши орынды ийелеген болса, “Баркамал әўлат–2022” спорт жарысларында билим журты үшинши орынды қолға киргизди.

Диний билим журтлары талабалары арасында өткерилген “Биз жаслар жат идеяларға қарсымыз–2017” интеллектуаллық беллесиўде де талабаларымыз биринши орынды ийеледи.

Билим журты питкериўшиси Юлдашбай Нуриддинов бир неше мәрте диний билим журтлары арасында болып өткен Қуран жарыслары жеңимпазы, 2013-жылы Қувейт мәмлекетинде болып өткен халықаралық Қуран жарысының 7-орын ийеси, Президентимиз басламасы менен өткерилген «Өзбекстан Қуран жарысы–2018» таңлаўының гран-при жеңимпазы, Президент саўғасы жеңимпазы екени менен ҳәр дайым мақтаныш етемиз.

2022-жылы орта арнаўлы ҳәм жоқары диний тәлим мәкемелери арасында «Ўатанды сүйиў ийманнандур» атамасындағы шығармалар таңлаўында билим журты талабасы А.Атамуратов 3-орынды ийеледи.

Өткен жыллар даўамында билим журтының 5 мударриси Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен “Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы” көкирек белгиси менен сыйлықланды.