МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

МАХМУДХОЖА БЕҲБУДИЙ ӨЗИНЕН СОНҒИ ӘЎЛАДҚА НЕ ЎӘСИЯТ ЕТКЕН ЕДИ?

“Әй Түркстан ағартыўшылығы ислеринде болған жолдасларым ҳәм улларым! Мен өзим тутқын болсам да сизлерди умытпайман ҳәм сизлерге ўәсият етип өтемен.

Сизлерге ўәсият етемен: ағартыў жолында ислеп атырған муғаллимлердиң басын сыйпаң! Ағартыўға жәрдем бериң! Ортадан алаўызлықты көтериң! Түркстан балаларын илимсиз қалдырмаң! Ҳәммеге азатлық жолын көрсетиң! Биздей “ағартыўшылық” қурбанларын жоқлаң! Азатлықты тезлик пенен жүзеге шығарың! Мумкин болғанынша көбирек жаңа мектеплер ашыў, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеў тараўында тынымсыз ислесиў бизге ең жақсы естелик болады!”

(Ўәсиятнамадан)

Беҳбудий (парсы: 1. Жақсылық, саламатлық; 2. Пайда, қутқарыў) жүдә аз өмир сүрди (тек ғана 44 жыл). Усы қысқа өмириниң үлкен бөлеги қысым ҳәм қәўип-қәтерлер астында өтиўине қарамастан, ийгиликли ислерди әмелге асырыўға үлгерди, келешек әўлад тәғдири ҳаққында қайғырды. Ол басып шығарыўшы, театр таныўшы, жазыўшы, муфти, сиясий ғайраткер сыпатында жумыс алып барды ҳәм барлық тараўда өшпес из қалдырды.

Беҳбудийден 200 ден аслам илимий-публицистикалық мақалалар, 6 сабақлық, “Саяхат естеликлери” китабы, “Ўәсиятнама,” “Падаркуш” атлы песа мийрас болип қалды.

Абдураҳман Саадийдиң сөзи менен айтқанда, “өзбек миллий әдебиятының тийкар тасын қойғанлардан бири” Маҳмудхожа Беҳбудий ХИХ әсир ақыры ХХ әсир басларында Түркстанда кең қанат жайған жадидшилик ҳәрекетиниң басшысы есапланады.

Махмудхожа Беҳбудий 1875-жылдың 19-январында (ҳижрий 1291, 10-зулҳижжа) Самарқанд жанындағы Бахшитепа аўылында руўханый шаңарағында дүняға келген. Әкеси өз дәўириниң ислам ҳуқықтаныўшысы, дин тарийхы бойынша ири илимпаз болып өмириниң ақырына шекем муфтийлик еткен, көплеген шығармалар дөреткен.  Беҳбудхожа Салиххожа улы түркстанлы, Аҳмед Яссаўийдиң әўладларынан, ана тәрептен бабасы Ниязхожа ургеншлы болып, әмир Шаҳмурат (1780-1785) дәўиринде Самарқандқа келип қалған.

1894-жылы әкеси, Беҳбудхожа қайтыс болганнан кейин муфтилик лаўазымын баласы Маҳмудхожа ийелейди. Сол себепли оған "Муфти" атағы қосылып айтылады.  Жас Махмудхожа дайысы қазы Мухаммед Сыддықтың тәрбиясы ҳәм қарамағында өсип ержетеди. Араб сарфу наҳвин киши дайысы Адилдан үйренеди. 18 жасынан қазыханада мирза болып ислей баслайды. Беҳбудийдиң мектеп-медресе турмысы ҳаққында да мағлыўматлар жүдә аз. Ол дәслеп Самарқанд медресесинде, соң Бухарада жақсы билим алады.

Махмудхожа 1900-жилдан баслап Арабия, Туркия, Мисрга саяхатқа шиғады. Мәкке-Мәдинаға зыярат етеди. Россиянын Москва, Петербург, Казан, Оренбург, Уфа, Нижний Новгород сыяқлы ири қалаларында болады. Қаяққа барса да, ол жердеги мектеплерде балалардың оқыўы, оқытыў усыллары менен жақыннан танысады, сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбаларын алып келеди.

Халық билимлендириўиниң жанкүери сыпатында, халықты, миллетти ғәплет уйқысынан оятыўды тийкарғы мақсет етип кояды. Саяхаттан қайтқаннан кейин, “Усули сафтия,” “Усули жадидия” деп аталган жана мектеплер ашады. Миллет балаларының саўатлылығын арттырыў мақсетинде шет еллерден алып келинген сабақлық ҳәм қолланбалардан тысқары өзи де сабақлықлар жазады ҳәм өз қаржысы есабынан басып шығарады. Беҳбудийдиң басламасы ҳәм ғайраты менен 1903-жылы Самарқанд әтирапындағы Халўайи (С.Сиддиқий), Ражабамин (А.Шакурий) аўылларында жаңа мектеплер ашады ҳәм усы мектеплер ушын сабақлықлар дүзиўге кириседи. “Рисалайи асбаби саўад” (1904), “Рисалайи жуғрофияи умроний” (1905), “Рисалайи жуғрофияи Русий” (1905), “Китабат-ул атфал” (1908), “Амалиёти ислом” (1908), “Тарихи ислам” (1909) сыяқлы китапларын жаратады.

Ониң 1901-жилдан баслап "Түркстан ўәлаяты газетасы," "Тараққий," "Хуршид," "Шуҳрат," "Тужжор," "Осиё," "Ҳуррият," "Турон," "Садои Туркистон," "Улуғ Туркистон," "Нажот," "Меҳнаткашлар овози," "Тирик соз," "Таржумон," "Шöро," "Вақт," "Тоза ҳаёт," "Самарқанд," "Ойна" сыяқлы газета ҳәм журналларда басып шиғарылган мақалалары болса раўажланыўшы адамлар, әсиресе, жаслардың итибарына ерискен.

Маҳмудхожа Беҳбудий уллы ағартыўшы ҳәм жетекши жадидши сыпатында миллий мәдениятымыз тарийхынан беккем орын иелейди.

Миллий драматургиямыздың биринши үлгиси болған “Падаркуш” ХХ әсир өзбек әдебияты таңында жақты жулдыз сыпатында жас дөретиўшилерге нурлы жол ашады. “Падаркуш” дәрежеси тәсиринде Авланийдиң “Адвокатлық аңсат па?,” “Пинак,” Қадирийдиң “Бахытсыз күйеў,” Бадрийдиң “Жўанмарг,” “Ақмақ,” Ҳажы Мүйинниң “Көкнары,” “Ески мектеп - жаңа мектеп,” Ҳамзаның “Зәҳәрли өмир” сыяқлы онға жақын песалардың дөретилиўи өзбек әдебиятының байыўына хызмет етеди.

“Бизлерди ўайран, балағай, ўатансыз ҳәм тутқын еткен тәрбиясызлық ҳәм наданлық; ўатансызлық қаңғырыўшылық, тутқынлық пақырлық ҳәм зәрүрлик ҳәм қорлықлар – ҳәммеси илимсизлик ҳәм тәрбиясызлықтың жемиси ҳәм нәтийжеси.” Беҳбудийдиң болжаўы арқалы инсан, тек ғана дүняға раўажланған халық тек ғана илим қураллары арқалы кәмилликке ерисиўи мүмкинлигин аңлаймыз.

Беҳбудий тулғасын Садриддин Айний, Ҳажи Муин, Лазиз Азиззада, Солиҳ Қосимов, Аҳмад Алиев, Найим Каримов, Бегали Қосимов, Сирожиддин Аҳмедов, Шерали Турдиев, Ҳалим Саййид, Нормурод Авазов, Зебо Аҳророва сыяқлы илимпазлардың мақалалары ҳәм еске түсириўлери арқалы және де тереңирек ашамыз.

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўли

ислам билим журти оқитиўшис А.К.Якупов