МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Билим журтының питкериўши курс талабалары ушын нәўбеттеги мәмлекетлик аттестация имтиханлары болып өтти.

Билим журтының питкериўши курс талабалары ушын нәўбеттеги мәмлекетлик аттестация имтиханлары болып өтти.

Бүгин 25-июнь сәнесинде Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында билим алған, өз кәсибиниң жетик қәнигеси болыў алдында турған питкериўши курс талабалары ушын нәўбеттеги Қәнигелиги (Араб тили, Фиқҳ, Ақоид) пәнлери бойынша мәмлекетлик аттестация имтиханлары  болып өтти.
Бул, өткерилген имтиханлар питкериўшилердиң билимин, қәнигелик көнликпелери орта арнаўлы ислам билим журты қәниге талапларына муўапық келиўин комплекс баҳалаў, аттестация жуўмағы бойынша оларға академик дәрежесин бериў ҳәмде аттестация имтиханларының әдалатлы өтиўин тәмийинлеў мақсетинде, ислам билим журтының ишки буйрығы тийкарында дүзилген аттестация комиссиясы ағзалары қатнасында өткерилди.
Аттестация имтихан жумысларын  билим журты директоры Ж.Абдиразаков кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Қәнигелик (Араб тили, Фиқҳ, Ақоид) пәнлери бойынша дүзилген Мәмлекетлик аттестация имтиханларының комиссия қурамы ағзалары төмендегише:
C.Кудайбергенов “Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний” орта арнаўлы ислам билим журты оқыў ислери бойынша директор орынбасары;
А.Идрисов “Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний” орта арнаўлы ислам билим журты қәнигелик пәни оқытыўшысы;
А.Якупов  “Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний” орта арнаўлы ислам билим журты қәнигелик пәни оқытыўшысы;
Е.Низаматдинов “Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний” орта арнаўлы ислам билим журты “Араб тили” пәни оқытыўшысы.
Имтихан белгиленген тәртип бойынша критерияларға сай тәризде болып өтти.
__