Маҳмудҳожа Беҳбудий – миллетти оятыў, илим-билимди жайыў ҳәм Туркистанди колониялық зулымнан қутқарыў жолында жанын қурбан еткен уллы жадидлерден бири болып табылады. Ол киси: “Бизди қутқара алатуғын бирден-бир зат - илим ҳәм билимдур” деп илимниң шешиўши әҳмийетин айтып өткен. Бүгинги күнде де бул пикир өз актуаллығын жоғалтқаны жоқ. Егер миллеттиң гүллениўин қәлесек, әўел илимге сүйениўимиз шәртдур”.
Маҳмудҳожа Беҳбудий тәлим системасын реформалаўға айрықша дыққат қаратқан, ески мектеплерди жаңалаў ҳәм илимди халық ишине алып кириў ушын белсендилик көрсеткен. Ол өзи шөлкемлестирген “Айна” газетасида: “Мектеп - нур, мектеп - турмыс. Ылым нурсиз болса, миллет қараңғилық ишинде қалади” (1914-жыл, 24-сан) деген еди.
Бүгинги күнде де ең зәрүрли ҳәм әҳмийетли мәселе - илимниң раўажланыўы болып табылады. Мектеплеримиз тек ғана дүнялық пәнлерди оқытып қоймай, ал ҳарам ҳәм ҳадалды терең үйретиўши илим ҳәм тәрбия мәканына айланыўы керек.
Маҳмудҳожа Беҳбудий сын көзқарас пенен ойлаўды раўажландырыўға айрықша дыққат қаратқан. Ол: “Билимсизлик - ең үлкен душпан болып табылады. Кимде-ким ақыл журитпей, ҳәр нәрсеге көз-көреки исенсе, ол бойсыныўшылықтан қутыла алмайды” -, деген еди (“Айна” газетаси, 1913-жыл, 6 -сан).
Бүгинги күнде биз ҳәр қандай мағлыўматты тексерип, исенимли дереклерге тыйкарланып жуўмақ шығарыўымыз керек. Өтирик информация, бидат ҳәм билимсизликтиң алдын алыўдың бирден-бир жолы – илимий жантасыў ҳәм еркин пикирлеў болып табылады.
Ол киси миллий өзлик ҳәм патриотлық мәселесин көп тилге алған: “Миллий намыс жоқ орында миллет те жоқ болып табылады. Миллетти жақсы көрген адам, оның келешеги ушын қайғыриўы шәрт” (“Падаркуш” (“Әкесин өлтирген”), 1913, 47-бет, “Туркистон” баспасы ).
Бүгин биз тарийхты, мәдениятты қорғаўға, қәстерлеп-сақлаўға ҳәрекет етиўимиз керек. Миллий қәдириятларымызды ҳүрметлеў, ана тилимизди раўажландырыў және оны басқа тиллердиң саясында қалыўына жол қоймаў, әсиресе, биз излениўши алымлардың миннетимиз болып табылады.
Маҳмудҳожа Беҳбудий Туркистанда баспасөздиң әҳмийетин бириншилерден болып түсунген ҳәм “Айна” газетасын шөлкемлестирген. Ол: “Баспасөз - миллеттиң көзи ҳәм қулағы болып табылады. Егер баспасөз сөйлемесе, миллет те герең ҳәм соқыр болып қалади” -, дейди (“Айна”, 1914-жыл, 15-сан).
Бүгинги күнде интернет және социал тармақлардың күши жүдә үлкен. Биз бул мүмкиншиликлерден пайдаланып, ҳақыйқатты жеткизиўимиз, миллетимиз мәплерине хызмет ететуғын информацияларды тарқатыўымыз керек.
Маҳмудҳожа Беҳбудий тек гәп пенен емес, әмелий ҳәрекет пенен миллетке хызмет еткен. Ол мектеплерди ашқан, газета шығарган, драмалар жазған, реформалар ушын гүрескен. Ол инсаннин турмысы биз ушын үлкен ибрат ҳәм үлги болып табылады: “Миллетти сөз емес, әмел қутқаради. Ҳәр ким миллет ушын азда болса, бир жумыс қылса, ол ең уллы адам” - деген еди ол (“Айна” газетаси, 1915-жыл, 30 - сан).
Сонлықтан, бизде тек уранлар менен шекленип қалмастан, илим үйрениўимиз, жаслар тәрбиясына итибар қаратыўымыз ҳәм ўатанымыз ушын садықлық пенен хызмет етиўимиз керек.
Маҳмудҳожа Беҳбудийдың идеялары бүгинги күнде де өз әҳмийетин жоғалтпаған. Ол кисиниң жолы – билим, әдалат ҳәм патриотлықтың жолы болып табылады. Беҳбудий миллет ушын өз өмирин бағышлаган, биз болса ол кисиниң әрманларын әмелге асыриўимиз шәрт. Бүгинги күнде биз илим-билимге умтылыў, ғәрезсиз пикирлеў, миллий ар-намысты қорғаў ҳәм әмелий жумыслар менен ўатанымызға хызмет етиў арқалы Беҳбудий ҳәзиреттиң ызынен барыўымыз керек екенлиги ҳәр бир өзин илим излениўшимен деген талабанды ҳарекетке, ғайратқа шақырыўы керек.
Умирзаков Жумабай Умирзакович