
Усы жылдың 07-март күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты кәсиплик аўқамы шөлкеминиң есабат-сайлаў ҳәм 2024-жылда жәмәәт шәртнамаларының орынланыў жуўмағы бойынша жыйналысы болып өтти.
Онда билим журты директоры Ж.Абдиразаков, билим журты директор орынбасарлары С.Кудайбергенов ҳәмде Ж.Умирзаковлар ҳәм кәсиплик аўқамының ағзалары қатнасты.
Өткерилген жыйналыста басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеминиң есабаты қанаатландырарлы, деп табылып алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды. Сондай-ақ, келеси 5 жыллық ушын басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеми баслығы сайланды.
Билим журты баспасөз хызмети