МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Әскерий округ тарийхы менен танысыў өткерилди.

Әскерий округ тарийхы менен танысыў өткерилди.

Усы жылдың 11-ноябрь куни билим журты талабалары қаламызда жайласқан арқа батыс әскерий округинде болды. Бул жерди округ хызметкери  Ш.Осоров талабаларға округтиң ишки тәртип қағыйдалары, алып барылатуғын жумыслары ҳаққында мағлыўмат берди соң округ ишки көринислери тарийхый затлар менен таныстырып түсиник берип өтти. Әскерий округ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1998-жыл 13-октябрь күнги қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Арқа-батыс әскерий округи шөлкемлестирилгенин айтып өтти.
Талабалар бул жерде әскерий тараўдың алып барылатуғын жумыслары тарийхы менен танысып өзлериниң қызықтырған сораўлары бойынша керекли мағлыўматлар алып қайтты
Атап ѳтиў керек, әскерий округге талабалардың барып танысыўын билим журты қәнигелери А.Ассатиллаев ҳәм И.Сабырбаевлар басшылық етти.

 Билим журты баспасөз хызмети