МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Ден саўлық саламатлық гиреўи атамасында шөлкемлестирилген спорт жарысының финал басқышы болып өтти.

Ден саўлық саламатлық гиреўи атамасында шөлкемлестирилген спорт жарысының финал басқышы болып өтти.

09-октябрь күни билим журтында «Ден саўлық саламатлық гиреўи» ураны астында спорттың киши футбол түри бойынша ярым финал ҳәм финал басқышлары болып өтти.
     Бул жарыс қызғын беллесиўли мәўритлерге бай болды десек, асыра айтқан болмаймыз.
     Беллесиў жуўмағына көре, 2-Б курс талабаларынан дүзилген топар 3-орынды ийеледи. 3-С курс талабаларынан дүзилген топар 2-орынды ийеледи. 4-А курс талабаларынан дүзилген топар 1-орынды ийеледи.
     Жеңимпаз болған топарлар билим журты директоры Ж.Абдиразаков тәрепинен 1-2-3-дәрежели диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ жарыс барысында ең жақсы дарўазабан, ең жақсы қорғаўшы, ең жақсы ярым хүжимши, ең жақсы хүжимшилер анықланып оларда хүрмет жарлықлар менен сыйлықланды.

 Билим журты баспасөз хызмети