МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ !

ХАБАРЛАНДЫРЫЎ !

📣Билим журтына тапсырған абитуриентлер ДЫҚҚАТЫНА!

✅Қабыллаў имтиханлары 2024-жыл 01-август күни өткерилиўин мәлим етип билдиремиз!
✅Тест имтиханлары пайтахтымызда жайласқан Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты имәратында өткериледи.

✅Ҳәмме абитуриентлерге әўмет тилеп қаламыз!

❗️Еслетпе: Имтихан руқсатнамаларын алыў тәртиби бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.

📍 Мәнзил: Нөкис қаласы, Билимлер гүзары, 1а-жай.

☎️ Телефон номер: +998(55)101-55-12

👨‍💻Билим журты баспасөз хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🧿alberuniy.uz             🟥ёутубе
🌐инстаграм                🌐фацебоок

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️алберуниюз