МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

“Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд” оқыӯ курсының тыңлаўшылары менен түсиник жумыслары ҳәм сәӯбет өткерилди. 

“Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд” оқыӯ курсының тыңлаўшылары менен түсиник жумыслары ҳәм сәӯбет өткерилди. 

15-июль күни Мухаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаӯлы ислам билим журтында «Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд» оқыӯ курсы тыңлаӯшылары менен сәӯбет өткерилди.  Иләжда билим журты директоры Ж.Абдиразаков, билим журты юристи А.Атабаев, “Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд” оқыў курсы методисти Ж.Умирзақов ҳәмде оқытыўшылар қатнасты. Сәўбет даўамында билим журты директоры Ж.Абдиразаков сөзге шығып, Қураны кәриймниң пазийлетлери, қуранға көбирек ӯақыт ажыратып анық өнимли пайдаланып, қуранды үйрениӯде нелерге айрықша итибар бериӯ керек екенликлерин айтты. Курс даӯамында билим журтының тәртип қағыйдаларына қатаң әмел етиӯлери, өз ӯақтында сабақларға келиӯи, белгиленген сабақларға турақлы түрде қатнасыӯы ҳ.т.б мәселелери менен тыңлаӯшыларға өз мәсләҳәтлерин берди.  Билим журты юристи А.Атабаев өз баянатында «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызамның мазмун-мәниси нызамсыз диний билим алыӯ ҳәм билим бериӯдиң нызам тәрепинен шекленгенлигин ҳәм қандай ақыбетлерге алып келиӯин түсиндирди. Оқыў курсы методисти Ж.Умирзақов тыңлаўшылардың тәртип-қағыйдаларына әмел қылыўы, өз ўақтында сабаққа келиўи, белгиленген сабақларға үзликсиз қатнасыў керек екенлигин айтып өтти. Жыйналыс соңында А.Атабаев тыңлаўшыларға бул курстың хуқықый тәреплери ҳәм басқа мәселелер бойынша керекли мағлыўматларды берди.

Билим журты баспасөз хызмети