МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

"Бирден-бир олимпиада - 2024" жеңимпазлары анықланды

"Бирден-бир олимпиада - 2024" жеңимпазлары анықланды

🔵Өзбекстан мусылманлары басқармасының Тәлим ҳәм илимий-изертлеў бөлими тәрепинен ҳәр жылы республикадағы орта арнаўлы ислам билим бериў журтларының питкериўши курс талабалары ортасында “Бирден-бир олимпиада” билимлер беллесиўи өткерилип келинбекте.
🔵Сол мүнәсебетте усы жылдың 21-май күни “Бирден-бир олимпиада - 2024” билимлер беллесиўиниң жуўмақлаўшы республика басқышы Имам Бухарый атындағы Ташкент ислам институтында болып өтти. Онда 10 орта арнаўлы ислам билим бериў журтлары кесиминде бириншиликти қолған киргизген талабалар қатнасты.

🔵Қызғын тәризде өткерилген таңлаў нәтийжелери төмендегише:
🥇-орынды “Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Нажиматдинов Мухамматдин Нажиматдин улы қолға киргизди. Ол “Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды гранты тийкарында жоқары диний билимлендириў шөлкемине конкурссыз оқыўға кириў, Өзбекстан мусылманлары басқармасының биринши дәрежели диплом ҳәм 7 миллион сум пул ҳәм хошаметлеў сыйлығы ийесине айланды ;
🥈-орынды “Мир Араб” орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Абдубаннаев Яҳёхон Әзамжон улы жоқары диний билим бериў шөлкемине оқыўға кириўи ушын имтихан нәтийжелери бойынша өзи топлаған баллдың 50 проценти муғдарында қосымша балл қосып бериў жеңиллиги, Өзбекстан мусылманлары басқармасының екинши дәрежели диплом ҳәм 5 миллион сум пул сыйлығын қолға киргизди;
🥉-орынды “Көкалдош” орта арнаўлы ислам билим журты Абдужалилий Комилжон Абдухалил улы жоқары диний билим бериў шөлкемине оқыўға кириўи ушын имтихан нәтийжелери бойынша өзи топлаған баллдың 25 проценти муғдарында қосымша балл қосып бериў жеңиллиги, Өзбекстан мусылманлары басқармасының үшинши дәрежели диплом ҳәм 5 миллион сум пул сыйлығы менен хошаметленди.
🔵Соның менен бирге, ИИ ҳәм ИИИ-орынды ийелеген қатнасыўшылар оқыўға кирген жағдайда, бир оқыў жылы төлем-контракт пулларының 50 процент муғдары “Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен қаплап бериледи.
🔵Таңлаўдың басқа қатнасыўшыларына да қымбат баҳалы сыйлықлар ҳәм ҳүрмет жарлықлар тапсырылды.
      Аллаҳ таала олимпиада жеңимпазларына жеңиллик ҳәм саўғаларын мүбәрек қылсын, илим жолындағы беллесиўлерин даўамлы болыўын несип етсин!

👨‍💻Билим журты баспасөз хызмети