МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

“Бирден-бир олимпиада -2024” басланды

“Бирден-бир олимпиада -2024” басланды

🔵Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы орта арнаўлы ислам билим журты питкериўши курс талабалары арасындағы “Бирден-бир олимпиада” таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы Ташкент ислам институтында басланды.
🔵10 медреселерде өткерилген таңлаў басқышында 1-орынды ийелеген талабалар республика басқышында қатнаспақта.
🔵Таңлаўды Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы орынбасары, Ташкент ислам институты ректори, комиссия баслығы М.Муҳаммадсиддиққов кирис сөзи менен ашып берди.
🔵Өзбекстан мусылманлары басқармасы Тәлим ҳәм илимий-изертлеў бөлими баслығы, комиссия баслығы орынбасары С.Шерхонов таңлаўды өткериў ҳәм тест сынақлары тәртиби менен қатнасыўшыларды таныстырды.
🔵Қатнасыўшылар орта арнаўлы ислам билим журты оқыў программалары тийкарында Араб тили, Фиқҳ ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлеринен тест сынағынан өтпекте.
🔵"Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журты атынан “Бирден-бир олимпиада” таңлаўының жуўмақлаўшы басқышына Нажиматдинов Мухамматдин қатнаспақта.

Билим журты баспасөз хызмети