МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Бәркамал әўлад - 2024 спорт жарысының Республика басқышы болып өтти.

Бәркамал әўлад - 2024 спорт жарысының Республика басқышы болып өтти.

     Усы жылдың 14-16 май күнлери Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы Жоқары ҳәм орта арнаӯлы ислам билим журтлары арасында ҳәр еки жылда өткерилетуғын "Бәркамал әўлад - 2024" спорт жарысының Республика басқышы "Мир Араб" орта арнаўлы ислам билим журтында өткерилди.
     Жарысты өткериӯ ушын Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы орынбасары профессор М.Муҳаммадсиддиқов, Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәлим ҳәм илим-изертлеӯ бөлими баслығы С. Шерхонов, Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәлим ҳәм илим-изертлеӯ бөлими баслығының орынбасары А.Дўсматов ҳәмде басқада басшы бақлаӯшылар қатнасты.
     "Бәркамал әўлад - 2024" спорт жарысының Республика басқышы қатнасыӯшылары спорттың төрт түри бойынша яғный, стол теннис, шахмат, миллий гүрес, тас көтериӯ түрлери бойынша беллести. Онда әдилликти тәмийинлеӯ мақсетинде ҳәр бир спорт түри бойынша Бухара ӯәлаяты спорт федерациясынан төрешилер шақырылды.
     Жарыста улыӯма 13 ислам билим журтларынан жәми 50 ден артық талабалар қатнасты.
     "Бәркамал әўлад - 2024" спорт жарысы жүдә көтериңки руӯхта өткерилди.
      Утысқа ерискен топарларға Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәмде "Вақф" қайырқомлық жәмәәт фонды тәрепинен таярланған кубок ҳәм естелик саўғалары усынылды!

Билим журты баспасөз хызмети