Усы жылдың 14-16 май күнлери Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журты талабалары арасында "Бәркамал әўлад - 2024" спорт жарысының Республика басқышы болып өтеди.
Бул жарыс "Мир Араб" орта арнаўлы ислам билим журтында болып өтеди.
Жарыс гүрес, тас көтериў, стол тенниси ҳәмде шахмат спорт түрлери бойынша өткериледи.
Атап өтиў керек бул жарыста пайтахтымыздағы "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журты атынан да талабаларымыз қатнасады.

Билим журты баспасөз хызмети