МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Мазҳабға ериўдиң зәрурлиги

"Мазҳаб" арабша сөз болып "жол" деген мәнини билдиреди. Мужтаҳид дәрежесине жеткен алымның диний мәселеде тутқан жолы. Мәселен: "Әбиў Ҳаныйфаның мазҳабы", - десе, усы мәселеде Әбиў Ҳаныйфа роҳиймаҳуллоҳтың диний мәселеде тутқан жолы деген мәнини билдиреди. Енди, мазҳабларға ериў зәрүрме? - деб кимдир сораса. Әлбетте зәрүр. Мазҳаблардан бирине ериў ўәжиб дейди уламалар. Төрт мазҳабдан бирине ерместен қәлегенинше, төртеўиненде өзине жаққан ҳүкимди алыўды талфық дейиледи.

Инсанларды еки түрге болиў мүмкин. Бири Қураны Кәрийм ҳәм Сүннеттен ҳүким шығара алатуғын мужтаҳид болса. Ал, екиншиси, өзи жеке Қураны Кәрийм ҳәм Сүннеттен ҳүким шығара алмайтуғын инсанлар болып табылады. Екинши түрдеги инсанлар мүжтаҳид уламаларға ериў зәрүр есапланады. Өзинше бир еки мәселени билип, илимде мужтаҳид дәрежесине жетпеген инсанлар мужтаҳидликди даўа қылыўы туўры емес. Себеби, мужтаҳид дәрежесине ерисиў ушун оннан артық илимди пухта ийелеўи керек. Қураны Кәрийм тили болған араб тили ҳәмде соған уқсас бир қанша илимде жетик дәрежеге жеткен болыўы керек. Ал, бул болса жыллар даўамында илимди сабр менен алыў арқалы ерисиледи. Бул туўралы Аллаҳ таала Қураны Кәриймде: "Билмейтуғын болсаңыз, зикир әҳлинен сораң", - деб буйырды. Соның ушун мужтаҳидлик дәрежесине жетпеген муқаллидлер, яғный ериўшилер, мужтаҳидлерге ериўлиги ўәжиб есапланады.

Ҳәзирги ўақытта мазҳаб жоқ, ҳәр ким өзи ҳүким алыўы керек деб мазҳабты жоққа шығарып атырғанлардиң өзлериде биреўлердиң мазҳабина яғний жолына жүреди. Өзлери жеке Қуран ҳәм ҳәдислерден ҳүким шығара алмайды. Бундай дәрежеге ийе емес. Себеби инсанлардың ҳәммесиде алым бола бермейди, соның ушун алымларға ериўге мәжбүр болади.

Усы төрт мазҳабтан бирине ериў зәрур. Булар Ҳанафий, Моликий, Шофеий ҳәмде Ҳанбалий мазҳаблары болып ҳәммеси Әҳли сунна ўәл жамаа деб аталады. Яғный сүннетке ҳәм жәмәатқа ергенлер дегени. Өз дәўиринде уламалар усы төрт мазҳабты туўры ҳәмде ҳақ деп тән алғанлар. Соның ушун усы мазҳаблардан бирине ерген инсан туўры жолда деб есапланады. Керисинше усы төрт мазҳабтан бирине ермесе, ямаса қәлеген ҳүкимде қәлеген мазҳабынан алып жүретуғын болса Әҳли сунна ўәл жамаадан шыққан деб есапланады, туўры жолда деб есапланбайды. Соның менен бирге қайсы жерде қайсы мазҳаб кең тарқалған болса усы мазҳабқа ериледи. Басқа мазҳабқа ерсе ол ибадат ҳәмде басқа мәселелерде қыйыншылыққа дус келиўи мүмкин. Сораўларына жуўап таўыўға қыйналып қәте қылып қойыўы тәбиий. Бул үстине бир мазҳаб кең тарқалған жерде басқа мазҳабтың қарасларын сиңдириў фитнаға себебши болып қалыўыда мүмкин. Соның ушун өзиниң журтында кең тарқалған мазҳабды қатты услағаны мақул. Аллаҳ таала Қураны Кәриймде: "Аллаҳтың арқанын беккем тутың" - деб айтады. Пайғамбарымыз Муҳаммад соллаллаҳу алайҳи ўа саллам болса: "Өзлериңызге жәмәатты лазым тутың, Ким жәмәаттан ажралса, дозақта да жалғызлатылады", деб айтадылар. Басқа бир ҳәдисте "Ала-аўызлықлар көбейген ўақытта өзлериңизге үлкем жәмәатты лазым тутың", - деб айтып өттилер. Ҳәммемизге белгили мусулманлардың үлкен бөлегин Әҳли сунна ўәл жамаа қурайды. Буның ишине жоқарда айтып өткен төрт мазҳаб киреди.

Нөкис "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Муҳаммаддинов Азамиддин.