
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң бийлигине муўапық, Үлкемизге бәҳәр мәўсими кирип келип, Наўрыз улыўма халықлық байрамын мүнәсип тәризде белгилеў ҳәм мүбәрек Рамазан айын мүнәсип өткериў мақсетинде, Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты жамәәтиде 16-март күни «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени тийкарында улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилди.
Шембилик даўамында билим журты әтирапы шығындылардан тазаланып, тереклер ҳәкленип, билим журтымыздың еледе көркин шығарыў ушын ҳәр қыйлы декаративли нәллер отырғызылды. Әлбетте бул шембилик барысында ҳәр бир мәҳәлле, аймақ, қала таза абат болса сол жерде пайыз-берекет, саламат турмыс орталығы қәлиплеседи.