
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң бийлигине муўапық, бәҳәр мәўсими кирип келиўи ҳәмде мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў мақсетинде, усы жылдың 17-март күни «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени тийкарында Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты жамәәти әтирап тазалығын еледе жақсылаў мақсетинде улыўма халықлық қайырқомлық шембилигине өз үлесин қосып даўам еттирмекте.
Бул жойбарда белсенди қатнасып атырған билим журты жамәәти ағзалары тәрепинен имәрат әтирапында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, сондай-ақ, тереклерге форма бериў, атызларды тегислеп, егиўге таярлаў жумысларын алып барды.