МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

"Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журтында шөлкемлестирилип атырған таярлық курсы ҳаққында қосимша мағлиўмат.

"Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журтында шөлкемлестирилип атырған таярлық курсы ҳаққында қосимша мағлиўмат.

📚Таярлық курсы 2024-жыл март айынан басланып 5 ай даўам етеди.

📝Таярлық курсы төмендеги пәнлерден болып өтеди:
— Шет тили (араб тили);
— Өзбекстан тарийхы ;
— Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық тийкарлары.

📕Таярлық курсына улыўма билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшылары, орта, орта арнаўлы, профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлағанлығы ҳаққындағы ҳүжжет (аттестат, диплом ) ге ийе болған Өзбекстан Республикасы пуқаралары қабыл етиледи.

✏️Таярлық курсында оқыўшылар төмендеги ҳүжжетлерди усыныўлары керек:
— билим журты директоры атына арза ;
— паспорт ямаса ИД карта нусқасы (тийкары көрсетиледи);
— 3, 5 х4, 5 көлемдеги 4 дана фото сүўрет (соңғы 3 айда алынған ҳәм де арқа фоны ақ реңде болыўы талап етиледи).

❗️Билим журты таярлық курсында оқып атырған, турар жайға мүтәжлиги болған тыңлаўшыларды жатақхана менен тәмийинлеў мәжбүриятына ийе емес.

🏠 Мәнзил: Нөкис қаласы, Билимлер гузары көшеси, 1-а үй. Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты.

☎️ Телефон: +99890-095-93-93