МУҲАМММАД ИБН АҲМАД АЛ-БЕРУНИЙ” ОРТА АРНАЎЛЫ ИСЛАМ БИЛИМ ЖУРТЫ

Билим журтында талабалар заман талапларына сай билим алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Атап айтқанда, ең заманагөй оқыў қураллары менен тәмийинленген оқыў ханалары, мәлимлеме-ресурс орайы, дәретхана, асхана, жатақхана, спорт залы, мини футбол майданшасы, саламатлық ханасы, шаштәрезхана бар.

“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курслары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Мәлимлеме ресурс орайы

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.

Курслар

2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.

Талабалар

Бүгинги күнге келип билим журтында 148 талабаға 21 оқытыўшы тәрепинен тәлим-тәрбия берип келинбекте.

Жетискенликлеримиз

Билим журты оқытыўшылары ҳәм талабалары өткерилип келинетуғын түрли таңлаўларда қатнасып жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Нөкис Муҳаммад ибн-Ахмад ал-Беруний орта арнаўли ислам билим журты Мәлимлеме ресурс орайында китап көргизбеси болып өтти.

Нөкис Муҳаммад ибн-Ахмад ал-Беруний орта арнаўли ислам билим журты Мәлимлеме ресурс орайында китап көргизбеси болып өтти.

Бүгин 10-феврал күни Нөкис Муҳаммад ибн-Ахмад ал-Беруний орта арнаўли ислам билим журты Мәлимлеме ресурс орайында Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзретлериниң "Фиқҳ ва Ақидага оид ихтилофли масалалар ечими"  китабы көргизбеси болып өтти.
Иләжда Нөкис Муҳаммад ибн-Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты талабалары, билим журты қәнигелик пәни оқытыўшысы Смамутов Қайрат ҳәмде Мәлимлеме ресурс орайы баслығы Сапашев Зулфиқар қатнасты.
Көргизбе даўамында Сапашов Зулфиқар қатнасыўшыларға китап ҳаққында қысқаша түсиник берип өтти.
Жыйналыс жуўмағында көргизбеге қатнасқан талабалар бул китап жөнинде өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.