Ҳәзирги күнде өмиримизди интернет ҳәмде социаллық тармақларсыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Ал, интернет өзи не? Интернет бул шет тилиндеги қысқартылған гәп болып, тилимизге аўдарма қылғанда "халықара мағлыўматлар торы" деген мәнини билдиреди. Социаллық тармақлар болса жақын ўақытлар ишинде кең раўажланды. Буған ҳәр қыйлы, бир-бири менен байланыста болатуғын көплеп тармақларды мысал қылып көрсетиў мүмкин.
Ҳәр бир нәрсеның жақсы ҳәм жаман тәреплери болғанындай, булардыңда пайдалы ҳәм зыянлы тәреплери бар. Бул ҳәммемизге белгили тәреплери. Соның менен бирге әдеплери бар. Бул әдеплерден бир қаншасын келтирип өтетуғын болсақ. Булар:
- Интернет ҳәмде социаллық тармақлардан пайдаланыўды қәлеген адам нийетти жақсы қылған болыўы керек.
Мусылман инсан ҳәр бир нәрседе болғаны сыяқлы, булардан пайдаланыўда тек жақсылықты, шәриятда рухсат берилген нәрселерге муўапық ис көриўди нийет қылыўы тийис. Әне сондағана бул истен пайда таўады, гөзлеген мақсетине ериседи. Буның арқасында диний тәлийматларғада әмел қылғаны ушын саўап алады. Себеби бир жақсылықты нийет қылыўға бир саўап, егер оны әмелге асырса он саўап алыўы кытапларымызда келеди. Егер нийетти туўры қылмай усы мағлиўматлардан туўры пайдаланбаса не болады десе, текғана пайдаланғаны қалады, буған саўап алмайды. Керисинше жаман мақсетте пайдаланыўды нийет қылып, кейин сол мақсетинде пайдаланса бир гүна жазылады. Сондай екен ҳәр қандай исте шырайлы нийет қылыў уллы саўаплы әмел есапланады. - Интернет ҳәмде социаллық тармақларға кириўден алдын ўақытты зая қылмаў ушын өмирдиң қәдирин еске алыў керек.
Инсанның ҳәр бир өтип атырған ўақты қәдирли. Қиямет күнинде ҳәр бир өткен ўақтынан соралады. Яғный, они неге сарыплағаны ҳаққында. Пайдали иске сарыпласа мейли, ал бийкаршы ислерге ямаса гүнә ислерге сарыпласа жуўабы қыйын болады. Ҳәзирги ўақыттағы социаллық тармақлардың ең үлкен зыяны усы болып турыпты. Социаллық тармақлар ең үлкен ўақыт урысы, десек қәтелеспеген боламыз. Бийкардан-бийкарға сағатлап ўақтымыз усы тармақларда өтип атыр. Бул ўақытларда пайда алсақ мейли, гейде ўақтымызды неге сарыплағанымызды билмейда қаламыз. Ўақтымызды, жаслығымызды неге сарыплағанымыз ҳаққында соралыўымызды Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳы ўасаллам айтып өткенлер. - Интернет ҳәмде социаллық тармақларға кириўден алдын ис режени жақсылап дүзип алиў керек.
Себеби не мақсетте кирип атырғанымызды жақсы билип кейин сол бойынша ҳәрекет етыўымыз керек. Кирип мағлиўмат алатуғын сайтымыз ямаса социаллық тармақтағы кириў мәнзили анық болсын. - Кириўди баслағанда "Бисмиллаҳир роҳманир роҳийм" менен баслаў. Соның менен бирге бир иске кирискенде оқылатуғын дуўаларды оқыў.
Бул иске кирисиў әдеплеринен есапланады. Себеби "Бисмиллаҳ" сиз басланған ис кесиклиги туўралы көплеп ҳәдислер келген. Және инсан қандайда бир иске кириссе, сол иске кирисиўде оқилатуғын дуўалар болади, уси дуўалардан оқып басласа мақсетке муўапық болади. Ис берекели болыўына алып келеди. - Интернетте ямаса социаллық тармақларда көрилетуғын ямаса еситилетуғын нәрселердиң бәршеси шәриятта рухсат берилген нәрселер болыўы тийис.
Инсан өзи жалғыз қалып, усы тармақлар арқалы ҳәр қыйлы уятсыз, фаҳшқа алып баратуғын ҳәмде ҳәр қыйлы ағымлар тәсирине түсип қалатуғын мағлиўматларды кимнен алып атырғанлығын тексерместен көрсе ямаса оқыса, бул мусулманлық әдеплерине туўры келмейди. Соның ушын бундай ислерден сақланған мақул. - Жумыс жайында ямаса биреўлердиң үйинде, оның рухсатысыз интернет ҳәмде ўифиларынан пайдаланыў мүмкин емес.
Себеби жумыс жайында бул интернет ушын төленген пулди жеке иске ислетиў мүмкин емес. Басқа адамның интернет ямаса ўифиларынан пайдаланыўда да усыған уқсас гәплерди келтириў мүмкин. Соның ушын бундай ислерден сақланған мақул. - Жас балалардың интернет, социаллық тармақлар ҳәмде комютерларден пайдаланыўын туўры итибар берген ҳалда жолға қойыў керек.
Ата-аналар перзентлери не ислер менен бәнт екенлигине ҳәмде бул тармақлар арқалы кимлер менен сәўбет қылып атырғанлығына итибарлы болыўы тийис.Буннан басқада бир қанша әдеплери бар. Ең тийкарғысы бул әдеплерге әмел қылып барыў мусулман кисиниң ўазыйпасы есапланады.Нөкис "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журты оқитыўшысы: Азамиддин Муҳаммаддинов