“Қураны кәрим ҳәм тәжўид” пуллы оқыў курсларыҳаққында
МАҒЛЫЎМАТ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Диний-ағартыўшылық тараўының жумысын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2018-жыл 16-апрелдеги
ПП-5416-санлы Пәрманы менен тастыйықланған илажлар Бағдарламасының 6-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жыл 30-апрелдеги 01А/056-санлы буйрығы тастыйықланған. Усы мүнәсибет пенен Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресесинде 2018-жыл 10-июннан баслап “Қураны кәрим ҳәм тәжўид” үйретиў бойынша пуллы оқыў курслары шөлкемлестирилди.
Оқыў курсларына сийшемби ҳәм пийшемби күнлери саат 09:00 ден 17:00 ге шекем ҳүжжетлер қабыл етиледи.
Оқыў курсларына Өзбекстан Республикасының “Билимлендириў ҳаққында”ғы нызамына муўапық орта мектепти тамамлағанлығы ҳаққында гүўалық (аттестат
11-класс), академиялық лицей ямаса орта арнаўлы билимлендириў мәкемеси дипломына ийе болған ҳәмде 18 жасқа толған Өзбекстан Республикасының пуқаралары сәўбет тийкарында қабыл етиледи.
Тыңлаўшылар диний билимлендириў мәкемесине төмендеги ҳужжетлерди усынады:
- билимлендириў мәкемеси баслығы атына арза;
- паспорт нусқасы (оригиналы көрсетиледи);
- 4 дана фотосүўрет (3х4 көлемдеги);
Мағлыўмат ушын мәнзил: Нөкис 230100, Нөкис қаласы, Билимлер гүзары көшеси, 1а-үй. Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты.
Телефон: +998 90 095 93 93. Сийшемби ҳәм пийшемби күнлери саат 09:00 ден 17:00 ге шекем мүрәжат етиўиңиз мүмкин.
е-маил: nukusal-beruni@mail.ru