
“Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтының мәлимлеме ресурс орайы фондында жәми 17756 китап сақланбақта. Соннан, 1505 улыўма билимлендириў әдебиятлары, 4085 арнаўлы пәнлерден сабақлықлар, 764 социяллық-економикалық әдебиятлар, 7340 илимий-ғалабалық әдебиятлар, 919 електрон әдебиятлары қурайды.
Мәлимлеме ресурс орайы (МРО) ҳәм оқыў залларының заманагөй техника қураллары менен толық тәмийинленген. Китаплардың авторлары, баспасы, жылынан ибарат каталогларды жүргизиў жумыслары әмелге асырылмақта.
Билим журтының ҳәр бир оқытыўшы ҳәм талабалар ушын арнаўлы формулярлар ислеп шығылған, оқытыўшы ҳәм талабалардың мәлимлеме ресурс орайы оқыў залынан пайдаланыў бойынша дәптер ҳәм айлық есабатлары формасында мониторинг жумыслары алып барылмақта.
Мәлимлеме ресурс орайына жаңадан келген әдебиятлар менен таныстырыў жумыслары турақлы түрде әмелге асырылып келинбекте.
Арнаўлы ва улыўма билимлендириў пәнлеринен жетиспейтуғын әдебиятларды шешиў бойынша да нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, арнаўлы пәнлер бойынша билим журты мударрислер кеңесиниң гезексиз мажилисинде көрип шығылып, оған муўапық “Мухтасар ал виқоя”, “Дурусун навҳия”, “Таҳовий шарҳи”, “Бадъул әмолий” “Тәлим муталлим”, “Фиқҳул акбар шарҳи” китапларын билим журты көлеминде көбейтиў бойынша системалы жумыслар алып барылыўы нәтийжесинде арнаўлы пәнлерге болған талап қанаатландырылды.
Улыўма билимлендириў пәнлери бойынша рус тили 70 дана, ХХ әсир рус әдебияты 30 дана, Инглиз тили В-1, В-2 120 дана, Ҳеадўай 50 дана, Математикадан мысал ҳәм мәселелер 80 дана, Миллий ғәрезсизлик идеясы 30 дана, Шахс ҳәм жәмийет 50 дана, Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты 100 дана, Руўхыйлық тийкарлары 50 дана, Жәҳән тарийхы 70 дана, Өзбекстан тарийхы 50 дана, Динтаныў 67 дана сыяқлы жетиспейтуғын әдебиятлар толтырылды.
Буннан тысқары ҳәр түрли темалар ҳәм сабақлықларға байланыслы жәми 333 дисклер топламы билим журтының мәлимлеме ресурс орайы есабына алынған.
Атап айтқанда:
- арнаўлы пәнлер жөнелиси бойынша “Қураны кәрим”, “Қуран илимлери”, “Ҳәдис ҳәм турмыс”, “Мабда ул қироат”, “Тафсири хилол”, “Ал адаб ал муфрад”, “Ибодати Исламия”, “Мухтасар ал виқоя” дисклери;
- илимий-ғалабалық жөнелиси бойынша “Ҳикматли дунё”, “Ибратли дунё”, “Одоблар бөстони”, “Рухий тарбия”, “Ижтимоий одоблар”, “Ихтилофлар: сабаблар йечимлар”, “Ҳаж китапи”, “Рамазон туҳфаси”, “Зикр аҳлидан сөранг”, “Васатия ҳаёт ёъли” дисклери;
- диний екстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиў ҳәм олардың алдын алыўға қаратылған “Афсун гирдоби”, “Өргимчак төри”, “Ҳалол өғрилик”, “Зарарли ақидалар”, “Қадриятлар қадрланган юрт”, “Осий қавмлар қисмати”, “Odnaklasniki.ru”, “Жасур”, “Фасоҳат илмининг султони”, “Таҳдид”, “Алданган аёл”, “Жаҳолат чангалида”, “Тузоқ”, “Тубанлик” дисклери бар.
Ҳәзирги заман компютер ҳәм интернет технологиялары әсири саналады. Соннан келип шыққан ҳалда мәлимлеме ресурс орайы ең соңғи маркадағы 20 заманагөй компютерлер бар. Ҳәзирги күнде интернет системасына жалғаў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.
Билим журтының Мәлимлеме ресурс орайында 22 парта, 25 стул ҳәм 45 китап текшеси бар.